ЖОЛ ТРАНСПОРТ ҲӘДИЙСЕСИ
Техника ҳәм технологияның тез пәт пенен раўажланып баратырған ҳәзирги күнде ҳәр биримизден жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиў талап етиледи.
«Тақыркөл» АПЖ аймағындағы Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автожолының 21-22-километри аралығында Кегейли районының турғыны Қосбергенов Оралбай өзиниң «Нексия» автомашинасын Нөкис қаласы тәрептен Кегейли районы тәрепке қарай басқарып баратырып «Қуўаныш жарма» каналының көпирине жақынлаған ўақытта басқарыўын жоғалтып, қарама-қарсы тәрептен киятырған Идаев Аманбайдың «Нексия» автомашинасы менен соқлығысқан. Нәтийжеде еки автомашина айдаўшысы ҳәм ондағы алты жолаўшы дене жарақатларын алып емлеўханаға түскен.
Мине, өзлериңиз гүўасы болғаныңыздай бир ғана итибарсызлықтың ақыбетинде сегиз адам жәбир көрди. Бундай итибарсызлықлар ақыбетинде өлим менен байланыслы болған жол транспорт ҳәдийселери де жүз бериўи мүмкин. Сонықтан да, ҳәр биримиз жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етейик.
Хамза КАРИМОВ
Нөкис РИИБ ЖҲҚБ инспекторы
скачать dle 10.5фильмы бесплатно