СУЎ АЛҒЫШ ҲӘМ ҲӘЎИЗЛЕР НЕ УШЫН КЕРЕК?
Пайда болған өртлерди өшириўде суў тәмийнаты ҳал етиўши күш болып есапланады. Район аймағында 38 өртке қарсы жер асты суў алғыш гидрантлары ҳәм 15 суў ҳәўизлери бар.
Жаўынгерлик есаптағы АЦ-40 (130) 63 Б өрт өшириў автомобиллериниң суў сақлаў цистернасында 2350 литр суў болады. Суў тәмийинаты болмаған аймақларда болған өртлерди өшириўде өрт өшириў экипаж ағзалары автомобиллерди қайта толтырыў мақсетинде суў излеп қыйыншылықларға дус келмекте.
Районлық кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлекшеси жеке қурамы тәрепинен өртлердиң алдын алыў мақсетинде есапқа алынған суў алғышлар, ҳәўизлердиң техникалық аўҳалын мониторинг еткенде олардың көпшилиги талапқа жуўап бермейтуғыны мәлим болды.
Районлық кәсип-өнер колледжлеринде ҳәм де орта билим бериў мектеплери аймақларына қурылған суў ҳәўизлери усы күнге шекем жарамсыз ҳалда қалып кеткенлиги мәлим болды. Айырым мәкеме басшылары тәрепинен аймақларында жайласқан суў алғышларға ҳәм ҳәўизлердиң жағдайларына дурыс кеўил бөлинбегенлиги себепли усындай жағдайларға келип қалған.
Суў алғышларға, ҳәўизлерге мониторинг өткериў даўамында ҳәр бир анықланған кемшиликлер бойынша актлери дүзилип, кемшиликлерди тез арада сапластырыў ушын мәкеме басшыларына усыныслар киргизилди.
Соның ушын қурылыс объектлерин тиклеўде, оларға капитал оңлаў жумысларын алып барыўда, суў алғышларды, ҳәўизлерди қурдырыў ямаса оңлап, саз ҳалатқа келтирип қойыўға итибар қаратып, қәўипсизлик талапларына мас ҳалатқа келтирип қойса мақсетке муўапық болар еди.
Усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде мәкеме аймақларында жайласқан суў алғышларды, ҳәўизлерди оңлап, оларды керекли үскенелер менен тәмийинленсе, суў тәмийнаты жоқ аймақларға қосымша тиркеме техникалы ыдыслар таярланып қойылса пайда болыўы мүмкин болған өртлердиң алдын алыўға өз үлесимизди қосқан боламыз.
Қ.ДӘЎЛЕТНИЯЗОВ
Нөкис районы 16-санлы кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлекшеси басшысы
скачать dle 10.5фильмы бесплатно